Өзбекстан мәмлекетлик көркем онер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Басым ҳәм зорлыққа жол жоқ» атамасында ушырасыў болып өтти.
Илажды Хаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәсләҳәтшиси О.Кдырниязова басқарып барды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Судының судиясы С.Қайыпназарова шығып сөйлеп, зорлық иллетиниң унамсыз ақыбетлери ҳәм зорлықтан қорғаўдың ҳуқықый тикарлары ҳаққында түсиник берип өтти.



Зорлық яки басым өткериў бул бир адамның екинши бир адамға қарата ис-ҳәрекетлери яғный, ол физикалық, руўхый, жынысый ҳәм экономикалық зорлық сыяқлы көринислерде болады. Басым өткериў, зорлық пүткил дүнья жүзи машқаласы есапланып, Бирлескен миллетлер шөлкеми тәрепинен 25-ноябрь сәнесин «Ҳаял-қызларға қарата зорлыққа тыйым бериў халықаралық күни» етип белгиленген.
Илаж соңында зорлық пенен байланыслы унамсыз ақыбетлерге бийпарқ болмаў, бундай ҳәрекетлерден аўлақ болыўға шақырды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()