БЕЛГИЛИ АКТРИСА ҲӘМ ҚОСЫҚШЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 11.05.2023

Елимиз бойлап жазыўшы, шайыр, илимпазлар ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында олардың дөретиўшилиги ҳәм мийнет жолын жасларға таныстырыўда әдебий кешелер, үш әўлад ушырасыўлары өткерилмекте. Әлбетте, бундай илажлар өткерилиўи жасларды Ўатансүйиўшилик ҳәм оларды миллий қәдириятларға садық ҳәм кәмил инсан етип тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе есапланады.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, Түркменстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, “Меҳнат шуҳрати” ордени ийеси Мырзагүл Сапаеваның дөретиўшилигине арналған ушырасыў кешеси өткерилди.  

Илажды Филиал диекторы, филиология илимлериниң кандидаты А.Аяпов кирис сөз бенен ашып, соңғы жыллары елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў бағдарында жүргизилип атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.  

Буннан сон, “Халық дөретиўшилиги” кафедрасы оқытыўшылары, Қарақалпакстан Республикасына хызмет көрсеткен артсит Т.Хожаназаров, Қарақалпақстан халық артисти Г.Мунтиева, «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы оқытыўшылар, Қарақалпакстан Республикасына хызмет көрсеткен артсит Б.Назарымбетов, доцент М.Исмайловалар шығып сөйлеп, М.Сапаеваның өмир жолы, театр ҳәм кино өнериндеги дөретиўшилиги туўралы атап өтти

Илажда атап өилгениндей, Мырзагүл Сапаева өзиниң айрықша таланты, бай дүньяқарасы менен миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўда орны салмақлы. Оның театр ҳәм экран өнеринде аткарған рольлери, дөреткен образлары, атқарған қосықлары халқымыз қәлбинен терең орын ийелеген. Әсиресе, Ўатан, мухаббат ҳәм дослықты жырлаўшы қосықлары халқымыз арасында кеңнен таралған.

Ушырасыў даўамында студент-жаслар Мырзагүл Сапаева рол атқарған спектакллерден үзиндилер атқарып, оның репертуарынан қосықлар атқарды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...