Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, «Қарақалпақстан Республикасы халық артисти Өмирбай Қосымбетовтың 60 жасқа толыўы мүнәсибети менен дөретиўшилик ушырасыў кешеси өткерилди.



Илажды Филиал диекторы А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм юбилярды 60 жасы менен қутлықлап, оның театр ҳәм кино көркем өнеридеги тутқан орнын айрықша атап өтти.



Буннан сон, “Халық дөретиўшилиги” факультети деканы, доцент Қ.Турдиев, “Актёрлық өнери” кафедрасы профессоры Н.Аңсатбаев, доцент Б.Назарымбетов, “Актёрлық өнери” кафедрасы баслығы, профессор М.Исмайлова ҳәм “Көркем өнертаныў” кафедрасы баслығы Ж.Хожановлар шығып сөйлеп, Ө.Қосымбетовтың өмир жолы, театр ҳәм кино өнериндеги дөретиўшилиги туўралы айтып өтти.



Илажда атап өилгениндей, Өмирбай Қосымбетов өзиниң айрықша таланты, бай дүньяқарасы менен миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўда орны салмақлы. Оның театр ҳәм экран өнеринде аткарған рольлери, дөреткен образлары, атқарған қосықлары халқымыз қәлбинен терең орын ийелеген. Әсиресе, “Өмирбек ҳәм Тазша” комедиясында Өмирбек, сондай-ақ, “Қоңсылар”, “Курорт”, “Уры” ҳәм басқа да көркем фильмлерде атқарған роллери халқымыз арасында кеңнен таралған.




Ушырасыў даўамында студент-жаслар юбилярдың атқарған спектакллерынен үзиндилер атқарып, жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады. Илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()