БЕЛГИЛИ БАҚСЫ ӘМЕТ ТАРИЙХОВТЫҢ 100 ЖЫЛЛЫҚ ЮБИЛЕЙИНЕ БАҒЫШЛАНҒАН РЕСПУБЛИКАЛЫҚ ИЛИМИЙ-ТЕОРИЯЛЫҚ КОНФЕРЕНЦИЯ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 11.04.2023

Усы жыл 11-апрель күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Қарақалпақстан халық бақсысы Әмет Тарийховтың 100 жыллық юбилейине бағышланған «Халық даналығы – тәлим ҳәм тәрбияның түп сағасы» атамасында Республикалық илимий-теориялық конференция өткерилди.

Конфернцияға республикамызға белгили көркем өнер ҳәм мәденият тараўының ўәкиллери, бақсының шәкиртлери, шаңарақ ағзалары, уллары, ақлықлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ғалаба хабар қуралларының  хызметкерлери қатнасты.

Конференцияны филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәдният министри Қ.Турдиев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнер ғайраткри, Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты Қ.Заретдинов, Өзбекстан хәм Қарақалпақстан Республикаларының «Халық билимлендириуи» ағласы М.Тарихов, Өзбекстан халық бақсысы Ғ.Өтемуратов, ҚМУ профессоры Қ.Жаримбетовлар шығып сөйлеп, Әмет Тарийховтың өмири ҳәм дөретиўшилик хызметлерин еске алды.

Буннан соң, Халықаралық илимлер академиясы лауреаты  Ж.Турдымуратов «Әмет бақсы Қарақалпақ дәстаншылық өнериниң шебери», Педагогика илимлериниң философия докторы, доцент А.Ережепов «Қарақалпақ бақсышылық көркем өнериниң раўажланыўы» ҳәм Қарақалпақстан халық бақсысы, доцент Г.Ахымбетова «Әмет бақсы Тарихов атқарған Юсуп-Ахмет дәстаны» атамаларында баянат жасады.

Илажда атап өтилгениндей, Әмет Тарийхов өзиниң айрықша таланты, бай дүньяқарасы менен миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўда орны оғада салмақлы. Оның бақсышылық жолын таңлаўында елге белгили Изимбет жыраў, Әбдирасул жыраў, Есжан бақсы, Төребай бақсылардың тәсири күшли болған. Әсиресе, Әмет Тарийхов Есжан бақсы ҳәм Қурбанияз баксыларға шәкирт түсип, дәстан атқарыў шеберлигин терең өзлесирген. Устазларынан  бир неше халық қосықларын ҳәм  «Қырмандәли», «Ғәрип ашық», «Саятхан-Ҳамра», «Юсуп-Ахмет», «Бәзирген» сыяқлы лиро-эпикалық (ашықлық) дәстанларын қунт пенен үйренеди ҳәм бақсының шебер намалары, қоңыраўдай саз даўысы, атқарған дәстанлары оны белгили бақсы дәрежесине көтереди.

Бақсының көп жыллық мийнетлери ҳәм руўхый-мәдений табыслары ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, оған 1967-жылы «Қарақалпақстанға мийнети сиңген артист», 1983-жылы болса «Қарақалпақстан халық бақсысы»  ҳүрметли атақлары бериледи. Әмет бақсы Тарийхов тек ғана Өзбекстан көлеминде емес, ал қоңсылас Қазақстан, Түрменстан Республикаларының тамашагөйлеринде өзиниң бәлент лапызы, қарақалпақ миллий ырғақларына бай әжайып ҳаўазы менен өшпес из қалдырды.

Соңғы жыллары елимизде миллий қәдириятларымыздың бири болған бақсышылық тараўына айрықша итибар қаратылып, оның  дүнья бойлап танылыўында халықаралық бақсышылық көркем өнери фестиваллары өткерилип келинбекте. Биз ойлаймыз, келешек ийелери болған жасларымыз усындай уллы устазлар жолын даўам еттирип, миллий өнеримиздиң дүнья бойлап танылыўында өзлериниң үлеслерин қосады деп ойлаймыз.

Кеше қантасыўшыларына студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler