Usı jıl 7-mart kúni Ózbekstan jaslar awqamı Qaraqalpaqstan Respublikası Keńesi tárepinen Nókis qalası hákimligi menen birgelikte «Ncity» joybarı tiykarında «Taza qala» jaslar akciyası ótkerildi.

Onda qatnasqan belsendi jaslar gúzar jol boyları, kóp qabatlı turaq jay átirapları hám mádeniy dem alıw orayların abadanlastırıw jumısların júrgizdi.

Бул акцияда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент жаслары да ықтыярлы түрде қатнасып, әтирап аймақтың тазалығын сақлаўда өзлериниң үлеслерин қосты. Олар өзлерине бекитилген аймақларды шығындылардан тазалап, жап-салмаларды тәртипке келтирди.
Қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў ҳәр биримиздиң тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады, дейди Көркем өнертаныў факультети «Саз атқарыўшылығы» тәлим бағдарының 1-курс студенти А.Мақсетбаев. – Сонлықтан қала аймағын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыўда бәршени акцияға белесене қатнасыўға шақыраман!
![]()