
Усы жыл 11-апрель күни Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында «Жаслар сиясаты тараўындағы жумыслар нәтийжелилигин арттырыў ҳәмде олар менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў мәселелерине бағышланған» видеселектор мәжилиси өткерилген еди. Мәжилисте жаслар менен ислесиўди еле де жетилистириў ҳәм олардың машкалаларын мәҳәллелерде үйрениў бойынша тапсырмалар берилген еди.
Бул бағдарда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына Беруний районындағы «Амир Тимур», «Дослық», «Марказий», «Бунёдкор», «Пахтакор», «Беруний», «Алтынсай», «Сарайкөл» ҳәм «Шаббоз» аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм майыплығы болған 41 жас бириктирилген болып, олар менен тығыз бирге ислесиў ҳәм машқалаларын үйрениў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Мехробжон Турабоев бириктирилген аймақ жасларынан. Ол «Шаббоз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасайды. Быйыл райондағы 38-санлы мектепти табыслы питкерип, жоқары оқыў орынан тапсырыў нийетинде. Келешектеги әрманы экономист болыў.
Бүгин Мехробжон филиалда болды. Филиалдағы Қабыллаў комиссиясының «Сall centеr» орайы арқалы Ташкент мәмлекетлик экономика университеи Төрткүл факультетине ҳүжжетлерин тапсырды.
Өз гезегинде филиал директоры А.Аяпов Мехробжонға нийетиң жолдасың болсын деп, тест сынақларынан табыслы өтип, студент болыў бахтына ерисиўине тилеклеслик билдирди.

Филиал баспасөз хызмети.
![]()