Мәмлектимизде жаслар менен ислесиў, оларға мүнәсип шараятлар жаратыў, сондай-ақ, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў баслы бағдар етип белгиленген.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов ҳәм басқа да жуўапкер хызметкерлер Беруний районындағы “А.Тимур” АПЖ аймағында жасаўшы Л.Назарова, С.Разкаова, З.Хакимова ҳәм “Дослық” АПЖ аймағында жасаўшы М.Рейимбоева ҳәм Д.Қурбонбоевлардың шаңарағында болып, баҳалы саўғалар тапсырды.



![]()