БИРИКТИРИЛГЕН ЖАСЛАР ҲАЛ-ЖАҒДАЙЫНАН ХАБАР АЛЫНДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 07.07.2023

Мәмлектимизде жаслар менен ислесиў, оларға мүнәсип шараятлар жаратыў, сондай-ақ, оларды тәреплеме қоллап-қуўатлаў баслы бағдар етип белгиленген.

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры А.Аяпов, директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов ҳәм басқа да жуўапкер хызметкерлер Беруний районынан филиалға бириктирилген жаслардың ҳал-жағдайынан хабар алып, азық-аўқат өнимлерин тапсырды.  

Мағлыўмат ушын айтып өтиў орынлы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына Беруний районындағы «Амир Темур», «Дослық», «Марказий», «Бунёдкор», «Пахтакор», «Беруний», «Алтынсай», «Сарайкөл» мәкан пуқаралар жыйынларынан 41 жас бириктирилген болып, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм мүнәсип шараят жаратып бериўде нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...