БИРИКТИРИЛГЕН ЖАСЛАРҒА СОЦИАЛЛЫҚ ЖӘРДЕМЛЕР КӨРСЕТИЛМЕКТЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 20.07.2023

Көпшиликтиң хабары бар, усы жыл 11-апрель күни Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында «Жаслар сиясаты тараўындағы жумыслар нәтийжелилигин арттырыў ҳәмде олар менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў мәселелерине бағышланған» видеселектор мәжилиси өткерилген еди. Мәжилисте жаслар менен ислесиўди еле де жетилистириў ҳәм олардың машкалаларын мәҳәллелерде үйрениў бойынша ўазыйпалар берилген еди. 

Бул бағдарда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына Беруний районындағы «Амир Тимур», «Дослық», «Марказий», «Бунёдкор», «Пахтакор», «Беруний», «Алтынсай», «Сарайкөл», «Саркоп» ҳәм «Шаббоз» аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм майыплығы болған 37 жас бириктирилген болып, олар менен тығыз бирге ислесиў ҳәм машқалаларын үйрениў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Бүгин филиал директоры А.Аяпов, директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов ҳәм басқа да жуўапкер хызметкерлер бириктирилген жасларды социаллық  жақтан қоллап-қуўатлаўда райондағы «Марказий» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы майыплығы болған Сарварбек Сапарбаевтың анасына тигиў машинасы, сондай-ақ, «Саркоп» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы майыплығы болған Ҳасанбай Орынбаевқа болса майыплар арбашысы ҳәм кийим кеншеклер тапсырылды.  

 Әлбетте, бул илажлар мәмлекетимизде жасларға қолайлықлар жаратыў  ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында жүргизилип атырған жумыслардың әмелий көриниси болып табылады.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...