
Магистратураға кирмекши болғанлар 2022-жыл 20-декабрдан 2023-жыл 10-январға шекем яғный бүгин де magistr.edu.uz электрон системасы арқалы онлайн дизимнен өтиўлери мүмкин.
Бунда әлбетте тил билиў сертификаты талап етиледи. Тек ғана быйылғы қысқы қабыллаўда сертификат дәрежеси әҳмиетли емес, А1 дәрежесиде болады. Әҳмиетлиси оқыўға қабыл етилген студентлер оқыўы даўамында талап етилген C1 йәки Б2 дәрежели сертификат алыўы шәрт. Егер ала алмаса, магистр жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестаcияға киргизилмейди.
Егерде сиз елеге шекем өз ҳүжжетлериңизди тапсырмаған болсаңыз демек, сизде 00:00ге шекем 14 саат ўақыт бар. Солай болсада, өз ҳүжжетлериңизди magistr.edu.uz электрон системасына ертерек тапсырып алыўды мәсләҳәт беремиз.
Статистикалық мағлыўматларға көре, магистратураға тапсырғанлар саны әйне ўақытта 13347ге жетти.
![]()