Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалында Олий Мажлис ҳәм Жоқарғы Кеңес депутатларының қатнасыўында «Социаллық тараўдағы реформалар» атамасында илаж болып өтти.
Оған ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси хызметкерлери, филиал профессор-оқытыўшылар менен студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажды филиал директоры А.Аяпов басқарып барды. Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң ағзасы М.Ибрагимов ҳәм ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Аппарат баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ш.Өтемисовлар шығып сөйлеп,соңғы жылларда әмелге асырылған реформалардың нәтийжесинде элимизде Жаңа Өзбекстанды қурыўдың зәрүр сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық ҳәм илимий-ағартыўшылық тийкарлары жаратылғанын атап өтти.


Шығып сөйлеўшилер тәрепинен атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде «Инсан қәдири ушын» принcипи тийкарында халықтың жасаў шараятын буннан былай да жақсылаў, оларды исбилерменликке бағдарлаў, жаслардың оқып билим-илим алыўында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириўде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январда «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Пәрманда ҳәрекетлер стратегиясынан — раўажланыў стратегиясына» деген принцип тийкарында бес жылға мөлшерленген жети тийкарғы бағдарға айрықша итибар қаратылған. Бул әҳмийетли ҳүжжет Президентимиздиң сайлаў алды бағдарламасында раўажланыўымыздың даўамлылығы сыпатында баслы идея етип белгиленип алынған еди. Онда көрсетилген жети тийкарғы бағдар, оны әмелге асырыўда жүз мақсет ҳәм көрсетпелердиң мазмуны ҳәм әҳмиети ҳаққында жыйналғанларға мағлыўматлар берилди.


Ушырсыў даўамында студент-жаслар Раўажланыў стратегиясынан келип шығып әмелге асырылатуғын жумыслар, әсиресе, мектепке шекемги, улыўма билим бериў, жоқары ҳәм оннан кейинги билимлендириўди жаңа басқышқа көтериў бағдарында алып барылатуғын реформалар бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға депутатлар тәрепинен толық жуўаплар алды.

Илаж соңында депутатлар Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Жаңа Өзбекстан стратегиясы» атамасындағы китабын филиал мәлимлеме-ресурс орайына саўға етти.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()