Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Директор ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.


Илажда филиал директоры А.Аяпов соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, жоқары билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар, оқыйман, изленемен деген жаслар ушын барлық имканиятлар жаратылғанын айрықша атап өтти. Усы мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, сабақтан бос ўақытлары илим-билим, көркем өнер сырларын өзлестириў, сондай-ақ, спорт пенен шуғылланыў, көбирек китап оқыў, сондай-ақ, шет тиллерин үйрениў арқалы билимлеримизди беккемлеп барыў кереклиги бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Буннан соң, директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов, Жаслар мәселелери, руўхый ҳәм ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары А.Өтепбергенов ҳәм факультет деканы Г.Ходжаметовалар шығып сөйлеп, жасларға филиал ишки тәртип ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиў, сөйлеў мәденияты, қарым-катнас ҳәм кийиниў мәдениятына әҳмийет қаратыў кереклиги бойынша түсиниклер берди.
Сондай-ақ, мәжилисте мәлимлеме коммуникация технологияларынан ақылға уғрас пайдаланыў, ғалабалық мәденияттың түрли тәсирлеринен аўлақ болыў кереклиги де атап өтилди.
Ашық-айдын сөйлесиў тәризинде болып өткен ушырасыўда жаслар өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.





Жаслардың пикир усыныслары тийкарында алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()