Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик коркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры А.Аяпов студент-жаслар менен ушырасты.
Ушырасыўда соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, жоқары билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар, оқыйман, изленемен, өз қәбилетимди жүзеге шығараман деген жаслар ушын барлық имканиятлар жаратылғанын айрықша атап өтти. Усы мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, сабақтан бос ўақытлары илим-билим, көркем өнер сырларын өзлестириў, сондай-ақ, спорт пенен шуғылланыў, көбирек китап оқыў, сондай-ақ, шет тиллерин үйрениў арқалы билимлеримизди беккемлеп барыў кереклиги бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Сондай-ақ, ушырасыўда жасларға филиал ишки тәртип ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиў, сөйлеў мәденияты, қарым-катнас ҳәм кийиниў мәдениятына әҳмийет қаратыў кереклиги бойынша түсиниклер берди.


Филиал баспасөз хызмети.
![]()