ДИРЕКТОР МӘҲӘЛЛЕ ЖАСЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 25.06.2022

Жаслар күни алдынан

«30-июнь – Жаслар күни». Сәне  мүнәсибети менен елимизде июнь айы «Жаслар айлығы» етип белгиленген. Жаслар айлығы шеңберинде түрли таңлаў, жарыслар ҳәм бир қатар илажлар шөлкемлестирилмекте.

Усындай ушырасыўлардың бири  Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болып өтти. Оған мәҳәлле белсендилери ҳәм жаслары қатнасты. Ушырасыўда Филиал директоры А.Аяпов мәҳәлле белсендилери ҳәм жаслары менен сәўбетлесип, елимизде жаслар ушын жаратылған имканиятлар, усы жаратып берилген мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў кереклигин атап өтти. Сондай-ақ, илажда филиал турмысы бойынша да мағлыўматлар берилди.

Г.Жартыбаева, С.Шамуратова, Д.Қалбаева,
ҚМУ студентлери.
Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...