Ҳәзирги ўақытта барлық жоқары оқыў орынлары сыяқлы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында да 2024/2025-оқыў жылының қысқы жуўмақлаўшы имтихан процесслери болып өтпекте.
Усы мүнәсибет пенен филиал директоры А.Аяпов имтихан процесслерин жеке көзден өткериў мақсетинде бир неше аудиторияларда болып, ол жерде студентлер ушын жаратылған шараятлар, имтихан сораўларының дүзилиси, процесслердиң шөлкемлестирилгенлик дәрежеси менен жақыннан танысты. Cоның менен бирге, студентлердиң билим ҳәм көнликпелерин баҳалаў процеси пүткиллей әдил болыўы керек екенлигин атап өтип, имтиханларды өткериў бойынша жуўапкер шахсларға тийисли тапсырмалар берди.


Сондай-ақ, директор А.Аяпов имтихан процесслери бойынша студент-жаслар менен сәўбетлесип, олардың пикир-усынысларын тыңлады. Студентлер өз гезегинде имтиханлардың жоқары тәртип-интизам тийкарында өтип атырғанлығын ҳәм оларға барлық шараятлар жаратылғанын билдирди.
Мағлыўмат ушын: имтиханлар өткерилип атырған ҳәр бир аудитория видеобақлаўға алынған болып, студентлер имтиханларды жазба, аўызеки, әмелий ҳәм тест түринде тапсырып, өз билимлерин сынақтан өткермекте. Имтиханлардың ашық-айдын, әдил өтиўи деканат, оқыў бөлими, билимлендириў сапасын қадағалаў ҳәмде «Комплаенс-қадағалаў» бөлимлери тәрепинен қатаң қадағалаўға алынған.


Мағлыўмат ушын; университетте имтиханлар даўамында ашық-айдынлық ҳәм қалыслылықты тәмийинлеў мақсетинде арнаўлы жумысшы топарлар дүзилген болып, олар имтихан процесслерин қадағалаў менен шуғылланбақта. Қысқы имтиханлар университеттиң барлық факултетлеринде даўам етеди ҳәм студентлердиң теориялық билимлери менен бир қатарда әмелий көнликпелери де сынақтан өтеди. Бул процесслер арқалы тек ғана студентлер өз билим дәрежесин арттырып қоймай, ал филиалдың билимлендириў сапасын ҳәм абырайын арттырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли жуўмақлар да алынады.
![]()