Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты «Вокал» кафедрасы доценти Дилбар Маликова Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында мийманда болды.
Дәслеп мийман филиал директоры А.Аяповтың қабыллаўында болды. Ушырасыўда елимизде жасларды музыка, әдебият, театр ҳәм көркем өнерге бағдарлаў бағдарындағы жумыслар, сондай-ақ, тараўда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында атап өтилди. Д.Маликова «Хор синфи» атамасындағы китабын саўға етти.


Буннан соң Д.Маликова «Вокал атқарыўшылығы» тәлим бағдары 1-2-курс студентлериниң билимин жетилистириўде «Дирижёрлық» пәнинен шеберлик сабағын өтти. Шеберлик сабағында «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы профессор-оқытыўшыларыда қатнасып, тәжирийбе алмасты.





Илаж соңында мийманға студентлердиң билимин беккемлеўде шеберлик сабағын өткени ушын «Миннетдаршылық» хаты тапсырылды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()