
Жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы болған Наўрызды халқымыз күн менен түнниң теңлесиўи, тәбияттың ояныўы сыпатында бул байрамды кең түрде белгилеп келмекте.
2023-жыл 1-март сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2023-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарар менен Наўрыз улыўмахалықлық байрамы мәмлекетимизде «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным»деген баслы идея тийкарында улыўмахалықлық сейиллер тәризинде көтериңки руўхта ҳәм жоқары дәрежеде өткерилиўи нәзерде тутылған. Қарарға тийкар елимиздиң барлық орынларында Наўрыз улыўмахалықлық байрам илажларына таярлық көриў ҳәм оны жоқары руўхта өткериў бойынша жумыслар баслап жиберилди.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалының бир топар дөретиўши жаслары Наўрыз улыўмахалықлық байрам илажына таярлық көриў ҳәм оны жоқары руўхта өткериў ушын республикамыз дөретиўши топар ағзалары менен биргеликте Ташкент қаласына жол алды.
Нөкис темир жол вокзалында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры А.Аяпов ҳәм басқа да тараў ўәкиллери Наўрыз байрамының жоқары дәрежеде өтиўинде өзлериниң үлеслерин қосыўда Ташкент қаласына жол алған жасларға ҳақ жол тиледи.


Филиал баспасөз хызмети.
![]()