Ҳәзирги ўақытта елимиз бойлап 2022-2023-оқыў жылы ушын қабыллаў процеси бойынша жумыслар кызғын алып барылмақта. 2022-2023 окыў жылы ушын мәмлекетимиздеги 46 жоқары оқыў орынларында айрықша талант талап етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиўде абитуриентлерге кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар өткерилиўи белгиленген.

Солар қатары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында да айрықша талант талап етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына ҳүжжет тапсырган абитуриентлерге кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар режеге тийкар болып өтпекте. Филиалда дөретиўшилик имтиханлар усы жыл 30-июльден басланған болса белгиленген режеге тийкар 9-август күни ең сонғы имтихан өткерилиўи белгиленген.

Дөретиўшилик имтиханлардың ашық-айдын ҳәм жәриялылық түрде болып өтиўи ушын имтихан өткерилетуғын аудиторияларға арнаўлы камералар орнатылған болып, интернет тармағындағы белгиленген мәнзил арқалы туўрыдан-туўры бақлап барыў имканияты жаратылды.

Сондай-ақ, абитуриентлердиң билим ҳәм көнликпелерин баҳалаў ушын тәжирийбели профессор-оқытыўшылар ҳәм қәнигелер бекитилген болып, абитурентлердиң дөретиўшилик имтихан таярлықлары әдәлатлы түрде баҳаланып, олардың топлаған баллары қысқа ўақыттың өзинде филиал рәсмий веб-сайтында жәрияланып келинбекте.

Усы орында айтып өтиўимиз тийис абитурентлер кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардан соң мәжбүрий үш пәннен – ана тили (өзбек, рус яки қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлери бойынша тест сынақларын тапсырады. Барлық абитуриентлерге тест сынақлары ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларынан табыслы өтип, студент болыў бахтына ерисиўине тилеклеслик билдиремиз.
Филиал баспасөз хызмети
![]()