ЕКИ МЕКТЕП ОҚЫЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 09.04.2022

Ѳзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалы «Мәденият ҳәм китапхана искерлиги» кафедрасы окытыўшылары Д.Шарипова ҳәм М.Худайбергенова, «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы оқытыўшысы М.Абдиреймовлар Еллиқала районындағы 51-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болды.

Сондай-ақ, усы күни «Социал-гуманитар пәнлер» кафедрасы баслығы Л.Уразова, усы кафедраның оқытыўшылары С.Хожалепесов ҳәм А.Бегжанова, «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы оқытыўшысы А.Асқаровлар Беруний районындағы 24-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мектеп питкериўшилери менен ушырасып, елимизде жасларға жаратылған имканиятлар ҳәм усы мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып, жоқары оқыў орынларына кирип, келешекте таңлаған кәсибиниң маман қәнигеси болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.

Ушырасыў даўамында Президентимиздиң алға қойған бес әҳмийетли басламасы тийкарында жасларды музыка, әдебият, театр ҳәм көркем өнерге бағдарлаўға қаратылған дөгереклер санын көбейтиў, олардың жумысларын еле де жетилистириў кереклиги бойынша түсиниклер берилди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...