ФЕСТИВАЛДА ШЕҢБЕИРНДЕГИ ТАҢЛАЎЛАРДА СТУДЕНТЛЕРИМИЗ ЖОҚАРЫ ТАБЫСЛАРЛАРДЫ ҚОЛҒА КИРГИЗДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 05.06.2023

Хабарыңыз бар, усы жыл 1-2-3-4-июнь күнлери жоқары оқыў орынлары студент-жаслары арасында «Студентлер бәҳәри» ҳәм «Жаңа Өзбекстан – жаслар мәмлекети» фестивалы өткерилди. Көтериңки руўхта өткерилген фестиваль шеңберинде жоқары оқыў орынлары студентлери арасында түрли таңлаў ҳәм жарыслар шөлкемлестирилди.

Өткерилген илажларда барлық оқыў орынлары қатары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институы Нөкис филиалы студент-жасларыда белсене қатнасты.

Фестиваль шеңберинде өткерилген «Жаслар театр студиясы таңлаўында «Музыкалы театр актёрлығы» 4-курс студентлери тәрепинен сахналастырылған «Жақсы адамның жүреги» спектакли 1-орынды қолға киргизип, тилевизор менен сыйлықланды.  

 «Жас бақсылар» атамсындағы таңлаўда жыраўшылқ бағдары бойынша «Фольклор ҳәм этнография» тәлим бағдарының 2-курс студенти Нурсултан Худайбергенов 1-орынды, ал бақсышылқ бағдары бойынша «Бақсышылық ҳәм дәстаншылық» тәлим бағдарының 1-курс студенти Нодира Караматдинова 2-орынды алыўға миясар болды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

  Ақыл ойды шынықтыратуғын Закаўат интелектуал ойынында филиалдың «Театрон» командасы, «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўында қәбилетле жаслар қурамынан дүзилген «Пегас шоу» командасы, сондай-ақ, «Таң нуры» командасы «Тафаккур сынаўлары» таңлаўында бесинши орынды ийеледи.

Жеңимпаз иййлерин ҳәм оларды таңлаўға таярлаған устазларымызда жәмәәт атынан қутлықлап, буннан да жоқары табысларды қолға киргизиўине тилеклеслик билдиремиз.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...