ФИЛАИЛ ПРОФЕССОР-ОҚЫТЫЎШЫЛАРЫ ҚАНЛЫКӨЛЛИ ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 14.04.2022

Усы жылдың 5-апрель күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында халық билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин таллаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилген еди.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы халық билимлендириў системасын реформалаў, мектеп муғаллимлериниң потенциалы ҳәм оқыўшылардың жоқары оқыў орынларына кириў дәрежесин көтериў, алыс ҳәм шетки аймақлардағы мектеплерде билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған жумысларды жетилистириў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленген еди.

Бул бағдардағы жумыслардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, мектеп оқыўшыларының жокары оқыў орынларына кириўге, кәсип-өнер ийелеўге болған қызығыўшылығын жүзеге шығарыўда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары тәрепинен Қанлыкөл районы мәденият сарайы ҳәм «Сарыалтын» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде ушырасыў шөлкемлестирилди.

Илажды Қанлыкөл районы Халық билимлендириў бөлими баслығы М.Дауылбаев басқарып барды. Онда «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы баслығы К.Заретдинов, «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы доценти Г.Ахымбетова, «Көркем өнертаныў» факультети Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары М.Абдиреймов, «Мәденият ҳәм китапхана искерлиги» кафедрасы окытыўшысы Г.Бектурсынова, сондай-ақ,  «Режиссура ҳәм актёрлық шеберлиги» кафедрасы окытыўшысы Д.Оразбаевлар шығып сөйлеп, питкериўши оқыўшыларға елимизде жасларға жаратылған имканиятлар ҳәм усы мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып, жоқары оқыў орынларына кирип, келешекте таңлаған кәсибиниң маман қәнигеси болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди. Сондай-ақ, оларды музыка, театр ҳәм көркем өнерге бағдарлаўға қаратылған шеберлик сабақларын өтти.

Әлбетте, бундай ушырасыўлардың өткерилиўи мектеп оқыўшыларының теңлеслери катары жокары оқыў орынларына кириўине ҳәм  кәсип-өнер ийелеўге болған умтылыўшаңлығын жүзеге шығарыўда әҳмийетли есапланады.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...