Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Директор ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Илажда филиал директоры А.Аяпов шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, жоқары билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар, оқыйман, изленемен деген жаслар ушын жаратылған имканиятларды айрықша атап өтти. Бүгинги күнде жасларымыз усы мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып, мәмлекетлик стипендия жеңимпазлары, республика ҳәм халықаралық көлеминдеги таңлаў жеңимпазларда жеңимпазлықта қолға киргизбекте. Усындай табысларды қолға киргизиўде илим-билим, көркем өнер сырларын өзлестириў, сондай-ақ, спорт пенен шуғылланыў, көбирек китап оқыў, сондай-ақ, шет тиллерин үйрениў арқалы билимлеримизди беккемлеп барыў кереклиги бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Ашық-айдын сөйлесиў тәризинде болып өткен ушырасыўда жаслар өзлериниң пикир-усынысларын билдирди. Жаслардың пикир усыныслары тийкарында алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

Ушырасыўда жыл даўамында түрли таңлаў ҳәм жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып келген студент-жаслар менен бир қатар профессор-оқытыўшылар «Алғыснама» менен сыйлықланды





Илаж «Халық дөретиўшилиги» факультети жәмәәти ҳәм студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Филиал баспасөз хызмети.
![]()