Усы жыл 13-октябрь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында филиал кеңеси болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.
Кеңести филиал директоры, филология илимлериниң кандидаты, А.Аяпов басқарып барды. Мәжилисте Жаслар мәселелри, руўхый ҳәм ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары А.Өтепбергенов, филиалда жаслар тәлим-тәрбиясы, олардың әдеп-икрамлылығы, сөйлеў ҳәм кийиниў мәденияты бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берип өтти. Буннан сон, Оқыў прооцеси бойынша алып барылып атырған жумыслар, тәлим жөнелислерин керекли әдебиятлар тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти. Сондай-ақ, тийисли жоқары уйымлардан келгин хатлар ҳәм буйрықлар, сондай-ақ, пуқаралардан келген мүрәжатлардың орынланыўы бойынша Физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ мүрәжатлары менен ислесиў, қадағалаў ҳәм мониторинг бөлими баслығы Ш.Дощановтың, Зийрек студентлерди илмий-изертлеў жумысларына бағдарлаўда устаз профессор-оқытыўшыларды басшы етип бөлистириў ҳаққында Зийрек студентлердиң илимий искерлигин шөлкемлестириў секторы баслығы Ш.Атаниязовлардың мағлыўматлары тыңланды.


Филиал кеңесинде профессор-оқытыўшылардың оқыў методикалық қолланбаларын, сабақлық ҳәм аўдармаларын баспаға усыныў мәселелери де көрип шығылды. Өткерилген илажда ағымдағы мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Мәжилис соңында филиал директоры А.Аяпов Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы қарсаңында «Дослық» ордени менен сыйлықланған «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы профессоры Н.Аңсатбаев, 1-октябрь ‒ Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланған, «Халық дөретиўшилиги» кафедрасының аға оқытыўшысы Улбиби Абдуллаева ҳәм усы кафедраның оқытыўшысы, филиал «Тумар» ансамблиниң көркемлик жақтан басшысы Есназар Халмуратовлар, сондай-ақ, 1-октябрь ‒ Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен билимлендириў тараўындағы көп жыллық мийнети ҳәм хызмет ўазыйпасына болған садықлығы ушын Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған Айдос Өтепбергенов, Гүлбахар Ахымбетова, Жеткербай Бердимуратовлар, 1-октябрь ‒ Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен жаслар тәлим-тәрбиясы жолындағы хызметлери ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси атынанан Миннетдаршық хаты менен сыйлықланған Оралхан Кдырниязова, сондай-ақ, Жоқары аттестация комиссиясы тәрепинен доцент дипломы тастыйықланған Нуратдин Хамидов, Лариса Уразова ҳәм Гүлшира Сапарбаеваларды филиал жәмәәти атынан қызғын қутлықлады.










ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети
![]()