Усы жыл 27-декабрь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған филиал Кеңес ағзалары, кафедра баслықлар ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.
Илажды Филиал директори, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды. Филиал кеңесинде атқарыў тәртибинде ҳүжжетлердиң орынланыўы ҳаққында Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў ҳәм мониторинг ҳәм ишки қадағалаў бөлим баслығы Ш.Дощанов баянат жасады. Буннан соң, 2024-жыл жуўмағы бойынша филиалда илимий искерлик жумысларды жетилистириў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жыл ушын алдағы ўазыйпалар ҳаққында Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша директор орынбасары Қ.Юсуповтың, 2024-жылдың жуўмағы бойынша филиал басшы ҳәм педагог-хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин жетилистириў режесиниң орынланыў барысы ҳаққында Окыў бөлим баслығы Б.Турдиевтың, Жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ис-илажларын жетилистириў ҳаққында Филиал профилактика инспекторы Н.Еримбетовтың мәлимлемелери тыңланды.
Мәжилисте профессор-оқытыўшылар тәрепинен таярланған оқыў әдебиятларды Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Муўапықластырыўшы кеңеске көрип шығыў ушын жибериў ҳәм излениўшилердиң темасын додалаў ҳәм Жоқары аттестация комиссиясының “Бюлеттен” журналына усыныў мәселеси қаралды. Бул мәселелер бойынша Кеңес ағзалары қарсы емеслигин билдирди.
Мәжилис соңында алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()