Усы жыл 29-декабрь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған филиал кеңес ағзалары, кафедра баслықлар ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.
Илажды Филиал директори, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды.

Филиал кеңесинде Атқарыў тәртибинде жоқары уйымлардан келген хатлардың орынланыўы бойынша Мониторинг ҳәм ишки қадағалаў бөлими баслығы Ш.Дощановтың, Филиалда зийрек студентлер менен бирге ислеў мәселелери: жетискенликлер ҳәм алдағы ўазыйпалар бойынша Илимий ҳәм инновация ислери бойынша директор орынбасары Н.Хамидовтың, Тәлим бағдарларының оқыў әдебиятлар менен тәмийнлеў мәселелери ҳәм студентлердиң сабаққа қатнасы бойынша Оқыў-методикалық бөлими баслығы Б.Турдыевтың, Жыл даўамында әмелге асырылған руўхый-аңартыўшылық жумыслар ҳаққында Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары А.Өтепбергеновтың, студент-жаслар арасында өткерилген профилактикалық илажлар ҳаққында профилактика инспекторы Н.Еримбетовтың ҳәм Жаслар менен ислесиў бағдарында әмелге асырылған жумыслар бойынша Филиал жаслар жетекшиси Ж.Бердимуратовлардың мағлыўматлары тыңланды.






Филиал кенесинде «Қарақалпақстан мәденияты» газетасының 2022-жыл 19-ноябрь №44-45-санында бос турған лаўазымлар бойынша дағаза етилген таңлаўға бола Нурназар Қаллибеков “Халық дөретиўшилиги” кафедрасы ага окытыўшы лаўазымына ҳәм Махмут Юсупбаев “Режиссура ҳәм актёр шеберлиги” кафедрасы аға оқытыўшы лаўазымына сайланды.
Сондай-ақ, мәжилисте оқыў әдебиятларды муўапықластырыўшы кеңеске усыныў мәселесиде қаралды. Филиал кеңесинде жаслар тәлим тәрбиясы мәселелери бойынша да пикир-усыныслар билдирилди.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()