Усы жыл 28-январь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған филиал кеңес ағзалары, кафедра баслықлар ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.

Илажды Филиал директори, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды. Филиал кеңесинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, қабыл етилген нызам ҳүжжетлериниң мазмун-әҳмийетин профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жасларға жеткериўде әмелге асырылған жумыслардың барысы ҳаққында Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары А.Өтепбергеновтың, 2022-2023-оқыў жылында сыртқы тәлим бағдары 1-ярымындағы теориялық оқыў процесиниң барысы ҳаққында Сыртқы бөлим баслығы Д.Пахратдинов, 2021-2022-оқыў жылының жуўмағы бойынша Филиал рейтинги көрсеткишлериниң дәслепки анализи бойынша Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими баслығы Қ.Қалекеевтың, кафедраларда режеге тийкар илимий ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумысларының барысы ҳаққында «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы баслығы Л.Уразымбетовалардың мағлыўматы, сондай-ақ, Есап санақ бөлиминиң есабатлары тыңланды.





Филиал кеңесинде жаслар тәлим тәрбиясы әҳмийет қаратыў, сондай-ақ, «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы профессоры, Өзбекстан халық артисти Н.Аңсатбаевтың дөретиўшилигине бағышланған ушырасыў кешеси ҳәм «Айдынлар» фильми бас қаҳарманлары менен дөретиўшилик ушырасыў кешелерин өткериў бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()