ФИЛИАЛ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 28.02.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.

Илажды Филиал директори, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды ҳәм күн тәртибиндеги мәселелерди таныстырып өтти. Филиал кеңеси мәжилисинде Жаслар арасында жәмийетимизге жат болған идеяларға қарсы иммунитетти қәлиплестириў бағдарында алып барылған жумыслар, 2022-2023-оқыў жылының 1-ярымы имтиханлар жуўмағы, кафедраларда режеге тийкар илимий ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумысларының алып барылўы, халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша шығып сөйлеўшилердиң баянатлары, сондай-ақ, Кәсиплик аўқамы басланғыш шөлкеминиң есабаты тыңланды.

Илаж соңында филиал кеңесинде көрилген мәселелер бойынша алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...