Усы жыл 28-сентябрь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған филиал кеңес ағзалары, кафедра баслықлар ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.

Илажды Филиал директори, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды. Филиал кеңесинде Атқарыў тәртибинде жоқары уйымлардан келген хатлардың орынланыўы ҳәм пуқаралардан филиалға келип түскен мүрәжатлардың орынланыўы бойынша Мониторинг ҳәм ишки қадағалаў бөлими баслығы Ш.Дощанов баянат жасады.

Буннан соң, Жаслардың тәлим тәрбиясы, олардың сөйлеў әдеби, кийиниў мәдениятын тәртипке салыўшы филиал тәрепинен ислеп шығылған Әдеп-икрамлылық Кодексиниң мазмун-әҳмийетин студент-жаслар арасында үгит-нәсиятлаў жумысларының орынланыўы бойынша Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары А.Өтепбергенов ҳәм 2023-2024-оқыў жылында оқыў әдебиятлардың жаңа әўладын жаратыў режесин тастыйықлаў мәселелери ҳәм студентлердиң сабаққа қатнасы бойынша Оқыў-методикалық бөлими баслығы Б.Турдыевлардың мәлимлемелери тыңланды.


Филиал кенесинде “Қарақалпақстан мәденияты” газетасының 2023-жыл №25-26-санларында бос турған лаўазымлар бойынша дағаза етилген таңлаў бойынша есап-санақ комиссиясының жуўмағына бола Д.Шарипова “Мәденият ҳәм китапхана искерлиги» кафедрасы аға оқытыўшы лаўазымына, А.Бекполатова «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы аға оқытыўшы лаўазымына, С.Файзуллаева «Социал гуманитар пәнлер» кафедрасы аға оқытыўшы лаўазымына сайланды.


Сондай-ақ, мәжилисте оқыў әдебиятларды муўапықластырыўшы кеңеске усыныў мәселелериде қаралып, тәлим жөнелислер кесиминде қарақалпақ тилиндеги оқыўлықлардың санын көбейтиў бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()