Усы жыл 29-декабрь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған филиал Кеңес ағзалары, кафедра баслықлар ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.

Илажды Филиал директори, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды. Филиал кеңесинде атқарыў тәртибинде ҳүжжетлердиң орынланыўы ҳаққында Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў ҳәм мониторинг ҳәм ишки қадағалаў бөлим баслығы Ш.Дощанов баянат жасады. Буннан соң,2023-жылдың жуўмағы бойынша филиал басшы ҳәм педагог-хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин жетилистириў режесиниң орынланыў барысы ҳаққында Филиал директорының Оқыў ислери бойынша орынбасары Ж.Шаниязовтың, 2023-жыл жуўмағы бойынша Филиал Рейтинги көрсеткишлериниң дәслепки анализи бойынша Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими баслығы Қ.Қалекеевтиң, сондай-ақ, Филиал жаслар аўқамы жетекшиси Ж.Бердимуратовтың есабаты тыңланды.


Филиал кенесинде «Қарақалпақстан мәденияты» газетасының 2023-жыл 23-ноябрь №43-44-санларында жәрияланған таңлаў ҳаққында бос турған кафедра баслығы лаўазымлары бойынша дағаза етилген таңлаў бойынша есап-санақ комиссиясының жуўмағына бола М.Исмайлова “Актёр шеберлиги” кафедрасы баслығы лаўазымына, Г.Ахымбетова «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы баслығы лаўазымына, Ж.Хожанов “Көркем өнертаныў (Драматургия)” кафедрасы баслығы лаўазымына, Л.Махамматдинова “Фольклор ҳәм этнография” кафедрасы баслығы лаўазымына, М.Худайбергенова “Китапхана искерлиги” кафедрасы баслығы лаўазымына, М.Абдреймов “Техноген көркем өнери” кафедрасы баслығы лаўазымына сайланды.

Мәжилисте оқыў әдебиятларды муўапықластырыўшы кеңеске усыныў мәселесиде қаралып, оқыў әдебиятларды муўапықластырыўшы кеңеске усыныўда Кеңес ағзалары қарсы емеслигин билдирди.

Мәжилис соңында алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.
.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()