ФИЛИАЛ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 30.03.2024

Усы жыл 29-март күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған Кеңес ағзалары қурамындағы кафедра баслықлар, бөлим баслықлар ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.

Илажды Филиал директори, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер менен таныстырып өтти. Филиал кеңесинде Атқарыў тәртибинде ҳүжжетлердиң орынланыўы ҳаққында Физикалық ҳәм юридикалық шахслар менен ислесиў, қадағалаў ҳәм мониторинг бөлими баслығы Ш.Дощановтың, Наўрыз улыўмахалық байрамы мүнәсибети менен өткерилген мәдений ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлардың есабы бойынша Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары А.Өтепбергеновтың, Факультеттиң илимий искерлик, оқыў процеси, руўхый-ағартыўшылық бағдарында алып барылып атырған жумыслар бойынша «Халық дөретиўшилиги» факультети деканы Қ.Турдиевтың, сондай-ақ, Санластырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Мәлимлеме технологиялары орайы баслығы Қ.Нурекевлардың мәлимлемелери тыңланды.

Мәжилисте ағымдағы мәселелер бойынша доцент илимий атағы ушын талабанлардың ҳүжжетлерин Жоқары Аттестация Комиссиясына усыныў мәселеси, оқыў әдебиятларды додалаў, баспаға ҳәм муўапықластырыўшы кеңеске усыныў мәселелери қаралаып, шешим қабыл етилди. Мәжилис соңында филиал кеңесинде көрилген мәселелер бойынша алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...