ФИЛИАЛ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 01.11.2022

Усы жыл 1-ноябрь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.

Илажды Филиал директори, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды. Филиал кеңесинде 2022-2023 оқыў жылы ушын 1-курсқа студентлерди қабыллаўдың жуўмағы, бакалавриат тәлим жөнелислери  питкериўшилериниң питкериў қәнигелик жумыслары ҳәм оқыў дөретиўшилик репертуарларын тастыйықлаў мәселелери, “Устаз-шәкирт” системасында алып барылып атырған жумыслар, профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин жетилистириў, филиал питкериўшилерине болған талап ҳәм олардың бәнтлиги, сондай-ақ,  студентлерди дөгереклерге қамтып алыў мәселеси бойынша шығып сөйлеўшилердиң баянатлары тыңланды.

Илаж соңында филиал кеңесинде көрилген мәселелер бойынша алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

Loading

Paydalı derekler