ФИЛИАЛ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 26.04.2023

Усы жыл 26-апрель күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында гезектеги филиал кеңесиниң мәжилиси болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты. 

Кеңести филиал директоры, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды. Мәжилисте Жаслардың физикалық жақтан саламат ҳәм руўхый дүньясын жетилистириў бағдарында исленлен жумыслар бойынша Жаслар мәселелри, руўхый ҳәм ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары А.Өтепбергеновтың, Кафедрада режеге тийкар илимий ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумысларының алып барылыўы бойынша «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы баслығы, доцент К.Заретдинов ҳәм  Питкериўшилерди жумысқа бөлистириў мониторинги бойынша Маркетинг ҳәм студентлер әмелияты бөлими баслығы П.Абдирамановлардың баянатлары тыңланды.  

Буннан соң, филиалда Жас алымлар Кеңесин шөлкемлестириў мәселеси бойынша филиал директорының илимий ҳәм инновациялар бойынша орынбасары Н.Хамидов, сондай-ақ, Оқыў-методикалық, илимий ҳəм дөретиўшилик кенес шөлкемлестириў ҳәм Кеңес қурамын тастыйықлаў мәселеси бойынша Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими баслығы Қ.Қалекеевлар шығып сөйлеп, шөлкемлестирилежақ кеңестиң әҳмийетине тоқтап өтти.

Филиал кеңесинде профессор-оқытыўшылардың оқыў методикалық қолланбаларын, сабақлық ҳәм аўдармаларын баспаға усыныў мәселелери де көрип шығылды. Өткерилген илажда ағымдағы мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...