ФИЛИАЛ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 01.06.2023

Усы жыл 31-май күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының гезектеги Кеңес мәжилиси болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.

Илажды Филиал директори А.Аяпов басқарып барды ҳәм күн тәртибиндеги мәселелерди таныстырып өтти.

Онда Филиалдың «Көркем өнер ҳәм мәденият хабаршысы» илимий-методикалық журналының 1-санын шығарыў ҳәм редкология ағзаларын тастыйықлаў мәселеси. “Марьяш Исмайлова” атындағы стипендияны шөлкемлестириўде Нызамын тастыйықлаў мәселеси, Филиалда өткерилген Республикалық илимий-теориялық конференцияларды баспадан шығарыў мәселеси, 2022-2023-окыў жылында қабыл етилген магистрантлардың диссертация темалары ҳәм оларға бекитилген илимий басшыларды (мәслахатшилер) тастыйықлаў мәселеси бойынша Илимий ҳәм инновация ислери бойынша директор орынбасары Н.Хамидов,  2022-2023 оқыў жылында профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин жетилистириў режелери ҳаққында Оқыў бөлими баслығы Б.Турдыевтың, Режеге тийкар илимий ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумысларының алып барылўы бойынша «Мәденият ҳәм китапхана искерлиги» кафедрасы баслығы Г.Сапарбаеваның, “Атқарыў тәртибинде орынлаў интизамы ҳәм Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың жазба ҳәм аўызеки мүрәжатлары ҳаққында” Ш.Дошановтың, сондай-ақ, Филиал психологы А.Юсупова есабатлары тыңланды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler