Усы жыл 28-февраль күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында илимий кеңес болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.
Илажды Филиал директоры, филиалогия илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды. Мәжилисте жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары А.Өтепбергенов шығып сөйлеп, жаслар тәлим-тәрбиясы, оларды жәмийетимизге жат болған иллетлер тәсиринен қорғаўда алып барылған үгит-нәсият жумыслар, сондай-ақ, крейде турған студентлер менен алып барылып атырған жумыслар ҳаққында атап өтти. Буннан соң, оқыў бөлими баслығы Б.Турдыев шығып сөйлеп, 2021/2022 оқыў жылыныӊ гүзги семестри жуўмақлары ҳәм студентлердиң сабаққа қатнасы ҳәм сабақларды өзлестириў мониторинги бойынша мағлыўмат берди.


Сондай-ақ, илажда «Социал гуманитар пәнлер» кафедрасы баслығы Л.Уразова «Кафедра мәжилислери, илимий ҳәм руўхый-ағартыўшылык жумыслары бойынша алып барылып атырған режелериниң барысы ҳаққында» баянат жасап, кафедраның илимий потенциалы, профессор-оқытыўшылардың жетискенликлери ҳаққында баянат жасады. Соңынан Ҳаял-қызлар Кеңеси баслығы О.Кдырниязова, Кәсиплик аўқамы басланғыш шөлкеминиң баслығы Б.Бекжанов ҳәм Халықаралық байланыслар бөлими баслығы Б.Султамуратовлардыңесабатлары тыңланды.




Мәжилисте филиалдың илимий искерлигин көтериў ҳәм алдағы жумыслардың орынланыўы бойынша пикир-усыныслар тыңланып, ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()