Усы жыл 31-январь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында илимий кеңес болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.
Илажды Филиал директоры, филиалогия илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды. Онда оқыў бөлими баслығы Б.Турдыев шығып сөйлеп, аралықтан оқытыўда онлайн сабақлардың барысы, платформаға зәрүр ресурслардың жайластырылыўы ҳәм студентлердиң сабаққа қатнасы ҳәм сабақларды өзлестириў мониторинги бойынша баянат жасады.


Буннан соң, Руўхый ҳәм ағартыўшылық ислер бөлими баслығы С.Абатбаев шығып сөйлеп, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, қабыл етилген нызам ҳүжжетлериниң мазмун-әҳмийетин профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар арасында үгит-нәсиятлаў бойынша алып барылған жумыслар ҳаққында токтап өтти.
Сондай-ақ, илажда «Режиссура хам актёр шеберлиги» кафедрасы Л.Уразымбетова «Кафедра мәжилислери, илимий ҳәм руўхый-ағартыўшылык жумыслары бойынша алып барылып атырған режелериниң барысы ҳаққында» баянат жасап, кафедраның илимий потенциалы, профессор-оқытыўшылардың жетискенликлери, сырт-елли профессор-оқытыўшылар менен бирге ислесиўдеги алып барылған жумыслар ҳаққында атап өтти.

Соңынан Сыртқы бөлим ҳәм Бухгалтерия бөлимлериниң есабатлары тыңланды. Мәжилисте филиалдың илимий искерлигин көтериў, жас излениўшилерди қоллап-куўатлаў, оқыў лаборатория үскенелерин жетилистириў мәселелери де қаралып, илаж соңында билдирилген пикир-усыныслар тыңланып, ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды.


Филиал баспасөз хызмети.
![]()