ФИЛИАЛ ОҚЫТЫЎШЫСЫ ЕКИ ЕСТЕЛИК БЕЛГИСИН ҚОЛҒА КИРГИЗДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 01.02.2023

Соңғы жыллары елимизде илимий-изертлеў жумысларына қызығыўшылғы жоқары болған жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды илимий-изертлеўлер ҳәм интелектуал искерликке бағдарлаўда нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Усы жыл 13-январь күни Ташкент каласында Алдынғы изертлеўлер илимий орайы тәрепинен халықаралық илимий форум өткерилген еди. Форумда мүнәсип қатнасқан илимий-излениўшилер ҳәм жас илимпазлардан бир топары «Илм-фан ифтихори» естелик белгиси менен сыйлықланды.

Сыйлықланғанлар арасында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Мәденият ҳәм китапхана искерлиги кафедрасы оқытыўшысы Гулмира Бектурсыновада  «Илм-фан ифтихори» естелик белгиси менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, ол «Research and publications» илимий баспалар орайы тәрепинен өткерилген халықаралық конференцияда илимий мақаласы менен  мүнәсип қатнасып, «Таълим фидойиси» естелик белгисин қолға киргизди.

  Жас илимпаз, талапшаң ҳәм излениўши Г.Бектурсынованы қолға киргизген табыслары менен қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тилеймиз.

Филиал баспасөз хызмети

Loading

Paydalı derekler