
Өзбекстан Республикасы Инновациалық раўажланыў министрлиги тәрепинен жас алымларды сырт ел илимий мәкемелерине қысқа мүддетке стажировкаларға жибериў бойынша таңлаў шөлкемлестирилген еди. Танлаў нәтийжелрине бола Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Мәденият ҳәм китапхана хабар искерлиги кафедрасы ассистент оқытыўшысы Гулмира Бектурсынова Россияның Россия театр көркем өнери институтында бир айлық илимий стажировка өтеў сертификатын қолға киргизип, таңлаў жеңимпазы болды.

Женимпаз ийесин бул қолға киргизген табысы менен қутлықлап, алдағы илимий дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеймиз.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()