Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы менен М.Аўезов атындағы Қубла-Қазақстан университети арасында өз ара бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыўда меморандум ислеп шығылған болып, бүгинги күнде нәтийжели жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
2019-жыл 14-майдағы еки тәреплеме келисилген меморандумға тийкар бул тәжирийбе алмасыў илим-билимлендириў ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўда жаңа инновациялық технологияларды турмысқа енгизиў ҳәм өз ара байланысларды беккемлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли болып табылады.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Мәденият ҳәм китапхана хабар искерлиги» кафедрасы баслығы Г.Сапарбаева ҳәм «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы аға оқытыўшысы Г.Бекниязовалар Мухтар Аўезов атындағы Қубла — Қазақстан университетинде тәжирийбе алмаспақта.
Академиялық тәжирийбе алмасыўда Г.Сапарбаева ҳәм Г.Бекниязовалар университеттиң «Мәденият ҳәм спорт» факультети «Өнер» кафедрасы студент-жаслары менен ушырасып, шеберлик сабақларын өтпекте.









Сондай-ақ, илажда университеттиң профессор-оқытыўшылары менен сәўбетлесиўлер алып барылып, өз ара тәжирийбе алмаспақта.




Мағлыўмат ушын атап өтиўимиз тийис, усы жыл 6-декабрь күни Қазақстан Республикасының М.Аўезов атындағы Қубла-Қазақстан университетиниң «Өнер» кафедрасы профессор-оқытыўшылары да филиалда болған еди.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()