ФИЛИАЛ СТУДЕНТИ ЖАС КИНО ҲӘЎЕСКЕРЛЕР ТАҢЛАЎЫНДА ЖЕҢИМПАЗ БОЛДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 17.03.2022

Усы жыл 17-март күни Қазақстанның Шымкент қаласында «KINOART» VIII халықаралық ҳәўескерлик кинорежиссёрлар фестивалы өткерилди. Фестиваль шенбериндеги танлаўда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Кинотелеоператор» тәлим бағдарының 4-курс студенти Бахрам Сейтжанов «Ким айыплы» фильми менен қатнасып, «Режиссёр» номинациясы бойынша екинши орынды қолға киргизди.

Әлбетте, жас кино ҳәўескерлер арасында өткерилен бул халықаралық фестиваль жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды кино өнерине тартыў, миллий киношығармаларымызды дүньяға танытыўда хызмет етеди деп ойлаймыз.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...