Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Актёр шеберлиги» тәлим бағдарының 1-курс студенти Жандарбек Турсынбеков Россия Федерациясының Санкт-Петербург қаласында өткерилген «Золотой Камертон» халықаралық таңлаў-фестивалында 17-20 жаслы қатнасыўшылар арасында «Эстрадалық вокал» номинациясы бойынша I-Дәрежели лауреат дипломын алыўға миясар болды.

Россия Федерациясы Мәденият министрлиги қоллап-қуўатлаўында Европа Мәденияты Ассоциациясы, Көркем өнер Академиясы шөлкемлери менен биргеликте онлайн түрде өткерилген таңлаўға филиал студенти устазы Гулнара Мунтеева басшылығында «Maybe I maybe you» композициясы менен қатнасты. Атақлы таңлаў жюрилери тәрепинен Жандарбек Турсынбековтың атқарыўы жоқары баҳасын алды ҳәм таңлаў-фестивалдың I-Дәрежели дипломы менен сыйлықланды. Шөлкемлестириўшилер тәрепинен оның устазы, «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы оқытыўшысы Гулнара Мунтееваға «Миннетдаршылық хаты» жиберилди.

Филиалымыздың жәмәәти атынан Актёр шеберлиги» тәлим бағдарының 1-курс студенти Жандарбек Турсынбеков ҳәм оның устазы, «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы оқытыўшысы Гулнара Мунтееваны Жаңа 2023-жылдағы дәслепки табысы менен шын кеўилден қутлықлаймыз.
Филиал баспасөз хызмети
![]()