ФИЛИАЛ СТУДЕНТИНИҢ ЕКИ КИТАБЫ БАСПАДАН ШЫҚТЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 20.06.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы» тәлим бағдары 2-курс студенти Нозима Улуғованың қәлеминен дөрелген «Нажот» ҳәм «Сиз учун она» атамасындағы қосықлар ҳәм мақалалар топламы баспадан шықты.

«Сиз учун она» китапбында Ўатанға болған мухаббат, ата-анаға болған иззет-ҳүрмет сыяқлы лирикалық қосықлар орын алған болса, «Нажот» атлы китабында прозалық шығармалар жәмленген.

Нозима Улуғова бир неш етаңлаўлар жеңимпазы есапланады.. Ол қосық, мақала ҳәм шығармлар жазыў менен бирге, илимий дөретиўшилик жумыслар менен де шуғылланады. Ҳәзирги ўақытта ол тараўга байланыслы илимий-изертлеў жумысларын алып бармақта. Оның усы күнге шекем бир неше тезис ҳәм мақалалары илимий журналларда баспадан шықты.

Жас қәлемкеш ҳәм болажақ алым ийесине алдағы дөретиўшилик ҳәм илимий жумысларында табыслар тилеймиз.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler