2023-жылдың февраль айында Беларус Республикасының Минск қаласында «Акценты-2023» IV Халықаралық көп жанрлы заманагөй көркем өнер таңлаўы болып өтти.
Ҳәр жылы турақлы түрде өткерилетуғын бул таңлаўға ҒМД мәмлекетлериниң талантлы жаслары өзлериниң дөретпелери менен қатнасып, проза, вокал, эстрада, монолог ҳәм басқа да бир неше жанрлар бойынша сыйлықланады.
Бул жылғы таңлаўға филиалымыздың студентлери де өзлериниң дөретиўшилик мийнетлерин жоллап, халықаралық таңлаў шөлкемлестириўшилери тәрепинен мүнәсип орынларға ылайық көрилди. Оған көре, филиал студентлери Шахсәнем Уразымбетова «Театр ҳәм декламация көркем өнери (проза)» жанры бойынша I дәрежели лауреат, Ринат Юсупов «Вокал (соло)» жанры бойынша I дәрежели лауреат, Шәрияр Орынбаев «Эстрадалық вокал (соло)» жанры бойынша II дәрежели лауреат, Жасур Бекмуратов «Эстрадалық вокал (соло)» жанры бойынша III дәрежели лауреат жеңимпазлары сыпатында таңлаў диппломларын алыўға миясар болды. Соның менен бирге, шәкиртлерин таңлаўға таярлаўдағы мийнетлери ушын филиалымыздың профессор-оқытыўшыларынан Марияш Тажиғалиева ҳәм де Әжинияз Өтепбергеновлар халықаралық таңлаў шөлкемлестириўшилери тәрепинен «Миннетдаршылық» сертификатлары менен хошаметленди.






Б.Султамуратов
Халықаралық бирге ислесиў бөлими баслығы
![]()