Усы жыл 25-ноябрь күни Қазақстанның Алмата қаласында 16-19 жас аралығында “Music Тalent” Халықаралық вокал атқарыўшылығы атамасында онлайн таңлаў болып өтти.
Онда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Эстрада актёрлығы тәлим бағдары 1-курс студенти Нодира Юсупбекова белсене қатнасып, «Вокал көркем өнери» номинациясы бойынша I дәрежели диплом жеңимпазы болды. Таңлаў шәртлери Қазақстанның атақлы көркем өнер тараўы алымлары тәрепинен жоқары баҳаланды. Сондай-ақ, таңлаўға шәкиртин ылайықлы таярлағаны ушын “Режиссура ҳәм актёр шеберлиги” кафедрасы оқытыўшысы М.Тажиғалиева да шөлкемлестириў комитетиниң “Миннетдаршылық хаты” менен сыйлықланды.


Сондай-ақ, «Эстрада ҳәм массалақ тамашалар режиссёрлығы» тәлим бағдары 1-курс студенти Шахсанем Уразымбетова Россияда өткерилген «Я помню чудное мгновенье» атамасындағы халықаралық көркем сөз өнери таңлаўында «Проза жанры атқарыўшылғы» номинациясы бойынша жеңимпаз болды ҳәм диплом менен сыйлықланды. Жеңимпазға көркемлик жақтан Ажинияз Өтепбергенов басшылық етти.

Филиал баспасөз хызмети.
![]()