ФИЛИАЛ ТӘРЕПИНЕН «ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» ПОСЁЛКАСЫ ТУРҒЫНЛАРЫ УШЫН КОНЦЕРТ БАҒДАРЛАМАСЫ ШӨЛЕМЛЕСТИРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 03.04.2022

Көпшиликтиң хабары бар, 2022-жыл 2-февраль сәнесинде  Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Онда жаслардың көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў, халықтың мәдений дем алыў илажларын шөлкемлестириўде ҳәр бир аймақта «мәденият күнлери» өткерилиўи нәзерде тутылған еди.

Қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде Қарақалпақстан  Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен 2022-жыл даўамында республикамыздың ең шетки аймақларында мәдений илажлар өткериў бойынша ис-реже ислеп шығылған.

Усы режеге тийкар 2022-жыл жыл 2-апрель күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар тәрепинен пайтахтымыздан 450 километр қашықлықта жайласқан «Қарақалпақстан» посёлкасында халықтың мәдений дем алыўын тәмийинлеўде концерт бағдарламасы шөлкемелстирилди.

«Қарақалпақстан» посёлкасы елимиздиң арқа-шығыс дәрўазасы, шегара алды аймақ есапланады. Соңғы бес жыл ишинде аймақтың инфраструктурасын жақсылаўда үлкен дөретиўшилик ислер әмелге асырылды.

Илаж даўамында аймақ турғынларының кеўиллери қуўанышқа толып,  шөлкемлестириўшилерге өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...