Жаңа жылдың кирип келиўине де санаўлы күнлер калды. Әтирапымыздағы жаңа жыл шыршасы, ондағы рәң-бәрең безеклер – булардың барлығы пайтахтымыз жамалына шырай қосып, кеўиллерге өзгеше қуўаныш бағышламақта. Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жаңа жыл алдынан байрам илажы шөлкемлестирилди.
Онда филиал директоры А.Аяпов бәршени кирип киятырған жаңа жыл менен қызғын қутлықлап, халқымыз ийгилиги жолындағы дөретиўшилик ислерине табыслар тиледи.
Бизде өз гезегинде байрам менен шын кеўилден қутлықлап, бәршеге беккем денсаўлық, шаңарақларына аманлық, аўызбиршилик, елимиз раўажланыўы ҳәм халқымыз абаданлығы жолындағы ийгиликли ислериңизде табыслар тилеймен.
Жаңа жылыңыз және бир мәрте қутлы мүбәрек болсын.










Филиал баспасөз хызмети.
![]()