ФИЛИАЛДА ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ИЛИМИЙ КОНФЕРЕЦИЯСЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 13.02.2025

Бүгин мәмлекетимизде ҳаял-қызларымыз жәмийетлик өмирдиң ҳәрбир тараўында өз қәбилетин ҳәм имканиятларын көрсетип атыр. Ҳаял-қызлардың жаңаша жантасыў, жаңа идея ҳәм белсендилик пенен шығыўына жәрдем етиў дәўир талабына айланған. Республикада әмелге асырылып атырған илимий дөретиўшиликке байланыслы мәмлекетлик дәстүрлер шеңбериндеги жойбарларда да ҳаял-қызлардың белсене қатнасып атырғаны итибарға ылайық. Илимпаз ҳаял-қызлардың илимий изертлеўлери санаат, аўыл хожалығы, социаллық, билимлендириў, көркем өнер ҳәм мәдений тараўлар раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атыр. Себеби, мәмлекетимиз экономикасының раўажланыўы илимниң раўажланыўына байланыслы. Бул өз гезегинде илим тараўында изертлеўлер алып барып атырған ҳаял-қызларға айрықша жуўапкершиликти де жүклейди.

11-февраль – «Халықаралық илим ҳәм билимлендириў тараўындағы ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен Жоқары оқыў орынларында “Илимли ҳаял – жәмийет айнасы” сүрени астында ҳәптелик илажлар өткерилмекте.

Усы тийкарда, бүгин, 13-февраль күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында филиал Ҳаял-қызлар кеңеси тәрепинен «Жаңа Өзбекстанның раўажланыўында илимпаз ҳәм өрнекли ҳаяллардың орны» атамасында илимий конференция болып өтти.

Конференцияға филиалдың “Социал-гуманитар пәнлер” кафедрасы профессор-оқытыўшылары Л.Уразова,  А.Прекеева, А.Бекжанова, А.Утепбергенова, С.Файзуллаева ҳәм М.Кабуловалар қатнасты.

Шөлкемлестирилген илимий конференцияны филиал директорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси О.Кыдырниязова кирис сөз бенен ашып берди.

Ол бүгинги күнде ҳаял-қызлардың «Жаңа Өзбекстанның раўажланыўында илимпаз ҳәм өрнекли ҳаяллардың орны» атамасында илимий конференцияны шөлкемлестириўден мақсет – студент-жасларға устаз ҳаял-қызлардың мийнет жолы, илим тараўында ерискен жетискенликлери ҳәм қолға киргизген табыслары ҳаққында кең түрде сөз етиў. Соның менен бирге, тараўдағы жаңалықлар, елимиздиң көркем өнер тараўындағы жетискенликлери,  илим дүньясының терең сырлары, устазлардың басып өткен өмир жолы, жетискенлиги ҳәм нәтийжелерге алып келген мийнетлери, сондай-ақ, қыйыншылықлар ҳәм оларды жеңип өтиў жоллары ҳаққында толық мағлыўматлар бериўден ибарат екенлигин айтып өтти. Кейин конференцияны ашық деп жәриялады ҳәм қатнасыўшылар менен таныстырды.

Буннан соң қатнасыўшылар сөзге шығып, студент-жаслар менен өз пикирлерин бөлисти. Олар мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, олардың жәмийетте өз орнын табыўы ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша кең көлемли жумыслар алып барылап атырғанлығын ҳәмде ҳаял-қызлардың ерлер менен тең ҳуқықлы болып, елимизде түрли тараўлардың раўажланыўына үлес қосып атырғанлығы ҳәр бир исте айқын көзге тасланып атырғанлығын сөз етти.

Соның менен бирге, конференцияда сөзге шыкқанлар студент қызларды илимге тартыў, олардың өз үстинде излениўлерин қоллап-қуўатлаў, билим алыўда жол-жоба көрсетиў ҳәм өзиниң қызыққан тараўында кәсиплик пидайлығын арттырыў бойынша да жол-жобалар берди.

Шөлкемлестирилген илимий конференция қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды ҳәмде  студент қызлар өзлериниң қызықтырған сораўларына устазлардан тийисли жуўап алды.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...