2022-2023-оқыў жылында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 8 тәлим жөнелис бойынша 127 студент табыслы питкермекте. Мине бүгин питкериўши жасларымыз жыллар даўамында алған билимлери нәтийжесинде мәмлекетлик аттестация сынақлары ҳәм питкериў қәнигелик дипломларын табыслы қорғап шықты.
Усы питкериўшилер арасында 71 жасар Шыныгүл Досхожаева да болып, ол филиалдың «Саз әсбап атқарыўшылығы» тәлим бағдарын питкерди.

– “Әрманым жоқары мағлыўматлы болыў еди. Мине әрманыма жеттим. Өмириниң 50 жылға шамалас дәўиринде көркем өнер тараўында мийнет еттим. Ендиги әрманым магистратура басқышына окыўға кириў дейди, – апамыз Ш.Досхожаева қуўанышын ишине сыйдыра алмай.



Бул жолда апамызға әўмет, табыс ҳәм талмас күш-қуўат тилеймиз.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()