ФИЛИАЛДА «АШЫҚ ЕСИКЛЕР КҮНИ» ИЛАЖЫ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 08.06.2023

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы 1-курс студент-жасларының ата-аналары ушын «Ашық есиклер күни» илажы шөлкемлестирилди.

Илажда филиал директорының Жаслар мәселелри, руўхый ҳәм агартыўшылық ислери бойынша орынбасары А.Өтепбергенов ҳәм директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубовлар жыйналғанларға бүгинги күнде билимлендириў тараўында жүргизилип атырған реформалар, соның менен бирге, филиалда студент-жаслардың  қолға киргизген табыслары ҳәм олар ушын жатақхана имаратының қурылып атырганы ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

Сондай-ақ, ата-аналар мәжилисинде бүгинги глоабалласыў дәўиринде жаслардың тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратыў, телефон ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыўын турақлы қадағалаў, олардың сөйлеў әдеби, кийиниў мәденияты бойынша турақлы үгит-нәсият жумысларын алып барыў кереклиги ата-аналарға түсиндирилди.

Илаж соңында студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler