ФИЛИАЛДА КӘСИПЛИК (ДӨРЕТИЎШИЛИК) ИМТИХАНЛАР УСЫ ЖЫЛ 24-ИЮЛЬ СӘНЕСИНЕН БАСЛАНАДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 23.07.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы 2023-2024 окыў жылы ушын айрықша талант талап етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиўде абитуриентлерге кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар усы жыл 24-июльден 2-август күнлери аралығында өткерилиўи режелестирилген.

Дөретиўшилик имтиханлардың ашық-айдын ҳәм жәриялылық түрде болып өтиўи ушын имтихан өткерилетуғын аудиторияларға арнаўлы камералар орнатылған болып, интернет тармағы арқалы туўрыдан-туўры бақлап барыў имканияты жаратылады.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...