Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының «Көркем өнер ҳәм мәденият хабаршысы» атамасындағы илимий-методикалық журналы көркем өнертаныў илимлери бойынша философия докторы (PhD) ҳәм илим докторы (DSc) илимий дәрежеси ушын талабанлардың диссертация жумыслары бойынша илимий мақалаларын жәриялаўға усыныс етилген Жоқары Аттестация Комиссиясы қурамындағы илимий журналлар қатарына киргизилди.
Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Жоқары Аттестация Комиссиясының 2025-жыл 12-февральдағы №01-08/441/14-санлы хатында көрсетилген.
![]()